2017-2021-жылларда  Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-излилик пенен әмелге асырыў барысында жанылғы-энергетика тараўын модернизациялаў, энергия ресурсларын жеткерип бериўде ҳәм тутыныўда төлемлер тәртибин беккемлеў, суд ҳүжжетлерин ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыў механизмлерин жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 29-май күни «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және тутыныў саласында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, усы пәрман тийкарында Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилди.

Хабаршымыз Прокуратура жанында дүзилген жаңа структура – Мәжбүрий орынлаў  бюросының мақсет ҳәм ўазыйпалары, атқаратуғын хызметлери, қәнигелер менен тәмийинлениўи, хызмет бабында ушырасып атырған тосқынлықлар ҳәм оларды сапластырыў илажлары ҳаққында кеңирек түсиник алыў мақсетинде Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасына мүрәжат етти.

Басқарманың жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый хабар бойынша аға инспекторы Бахтиёр Тулепов бизге төмендегилерди баян етти:

— Президент пәрманына муўапық дүзилген Мәжбүрий орынлаў бюросының ўазыйпалары етип – суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, орынлаў ҳүжжетлериниң ҳәм өндирилген қаржылардың исенимли есап-санағын жүргизиў, орынлаў жумысын жүргизиўде өзи боларлық ҳәм исенимсизлик жағдайлардың алдын алыў, электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў ҳәм бөлистириў тармақларына нызамсыз жалғаныў арқалы талан-тараж етиў жағдайларын анықлаў,  сапластырыў ҳәм алдын алыў, энергия ресурслары ушын төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық өндирилиўин, тутыныўшылардың қарыздарлығын азайтыў, жуўапкершилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў илажларын көриў, энергия ресурсларын сатыў ҳәм тутыныў есабын жүргизиўде қатнасыў, тутыныўын қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың заманагөй автоматластырылған системалары, сондай-ақ, алтернативалы энергия дәреклериниң енгизилиўи үстинен мониторинг өткериў, мәжбүрий орынлаў системасын жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў және ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша жумысларды алып барыў, сорастырыў ҳәм оператив излеў жумысын әмелге асырыў белгиленген.

Усы белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы ҳәм оның орынлардағы аймақлық структураларына энергия ресурсларын жеткерип бериў және тутыныў саласындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўдағы хожалық жүргизиўши субъектлерде Қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы республикалық кеңес пенен келиспеген ҳалда тексериўлерди өткериў, физикалық ҳәм юридикалық шахсларға энергия ресурслары ушын қарыздарлықты сапластырыў ҳаққында орынланыўы сөзсиз болған талапнамалар киргизиў, банк есап бетлеринен мәжбүрий өндириў бойынша инкасса тапсырмаларын қойыў, төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық төленгенлигин қадағалаў мониторингин алып барыў, энергия ресурсларын жеткерип бериў ҳәм тутыныў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын юридикалық шахсларға белгиленген тәртипте қаржы санкциясын қолланыў, энергия ресурслары ушын есап-санақлар өз ўақтында әмелге асырылмаған, қойылған талапнамалардың орынланбай қалған жағдайында, сондай-ақ, электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў ҳәм бөлистириў тармақларына нызамсыз түрде жалғаныў, талан-тараж жағдайлары анықланғанда тутыныўшыларды электр энергиясы ҳәм газ  тармақларынан ажыратыў, нәтийжеде энергия ресурсларынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў жағдайлары сапластырылып ҳәм төлемлер толық әмелге асырылғаннан соң тутыныўшыларды тармақларға қайта жалғаў бойынша ҳуқықлар берилген.

Буннан тысқары, Пәрманда Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасынан энергия ресурсларын жеткерип бериўди, тутыныўды ҳәм өз-ара есапласыўларды әмелге асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын белгиленген жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принципине қатаң әмел етилиўи үстинен қадағалаўдың нәтийжелилигин, сондай-ақ, энергия ресурслары ушын тутыныўшылардың жуўапкершилигин ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша комплексли илажларды көриў белгилеп тапсырылған. Бунда Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, районлық ҳәм қалалық бөлимлери тәрепинен тутыныўшылардың, яғный физикалық ҳәм юридикалық шахслардың энергия ресурслары ушын қарызларын өндириў бойынша ғалаба хабар қуралларында, Қарақалпақстан телевидениесинде «Халық пенен жүзбе-жүз» атамасында арнаўлы көрсетиўлер шөлкемлестирилди және тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте оқыў-семинарларын өткериў режеси тастыйықланып, орынларда үгит-нәсиятлаў топарлары дүзилип, жергиликли халық арасында қарыздарлығы бойынша ескертиўлер берилип, мобил төлем терминаллары жәрдеминде көшпели кассалар жәрдеминде өндириў жумыслары жолға қойылды.

Соның менен бирге, Бюроның республикалық басқармасы, районлық ҳәм қалалық бөлимлери тәрепинен суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлар ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша тақлылаў жүргизилгенде усы жылдың 23-июль ҳалатына жәми 648 миллиард 653 миллион 700 мың сумлық 58 мың 917 атқарыў ҳүжжети жуўмағына жеткерилип, соннан 41 мың 290 ҳүжжет бойынша 552 миллиард 421 миллион 300 мың сум ақша өндирилди. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда атқарыў ҳүжжетлери бойынша ақша өндириў динамикасының өсиўине ерисилмекте.

Тутыныўшылардан энергия ресурслары болған тәбийғый газден дебиротлық қарыздарлығы 103 миллиард 534,2 миллион сумды қураған болып, соннан бир айға белгиленген өндириў режеси 14 миллиард 034,6 миллион сумды қурайды. Соннан бүгинги күнге 11 миллиард 232,1 миллион сум өндирилди.

Электр энергиясынан дебиторлық қарыздарлық 28 миллиард 756,2 миллион сумды қурап, соннан бир айға белгиленген өндириў режеси 23 миллиард 953,8 миллион сумнан бүгинги күнге 16 миллиард 620,6 миллион сум өндирилди.

Энергия ресурслары ушын есап санақлар өз ўақтында әмелге асырылмай қалған жағдайда электр энергиясы ҳәм газ тармақларына алдын үзип қойылған шахсларды қайта жалғаўда тутыныўшыға – физикалық шахсларға ең кем мийнет ҳақының 2 (еки) есеси, яғный 299 мың 550 сум муғдарында, тутыныўшы – юридикалық шахсларға ең кем мийнет ҳақының 10 (он) есеси, яғный 1 миллион 497 мың 750 сум муғдарында төлем өндирилгеннен соң қайта жалғаныўы әмелге асырылады.

Мәжбүрий орынлаў бюросының республикалық басқарамасының материаллық техникалық базасы, маман қәнигелер менен тәмийинлениў дәрежеси қандай?

– Жаңадан шөлкемлестирилген Мәжбүрий орынлаў бюросы усы күнге дейин қысқа мүддет ишинде бир қанша жетискенликлерди  қолға киргизди. Атап айтқанда, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўды жетилистириў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў тараўында басқарыў системасын қадағалаў ҳәм қарыздарлықты кемейтиў, төлем тәртибин беккемлеў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў бойынша жумыслар шынтлап қолға алынған. Бюро басқармасы ҳәм оның орынлардағы бөлимлери билимли ҳәм тәжирийбели қәнигелер менен толықтырылып, бунда ҳәр қыйлы кәсиптеги маман қәнигелер жумысқа қабыл етилди ҳәм олардың мийнет ҳақылары жоқары тариф сеткасында белгиленген.

Ҳәзирги күнде Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының республикалық басқармасына, район ҳәм қалалық бөлимлерине жәми 530 штат бирлиги бекитилген, соннан 492 си басқарыў хызметкерлери ал қалған 38 и техникалық хызметкерлер. Қарар талапларына муўапық, хызметкерлерге арнаўлы хызмет кийими (форма) ҳәм оның айрықша белгилери, кийип жүриў тәртиби тастыйықланған. Ҳәзирги күнде басқарма аппараты  оның қала ҳәм районлық бөлимлери талап дәрежесиндеги имарат пенен, барлық зәрүрли инвентарьлар, компьютерлер, техника ҳәм мебельлер менен тәмийинленген.

Энергия ресурслары ушын қарыздарлықты өндириў барысында күтилмеген жағдайлар жүз берди ме? Бул бойынша қандай мысаллар келтире аласыз ҳәм оларға қандай шаралар көрилмекте?

– Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен усы күнге дейин 98 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық анықланып, соннан 77 факти бойынша жеткизилген 26 миллион 601 мың сумлық электр энергиясы ушын, тәбийғый газден пайдаланыўда анықланған 21 факт бойынша 11 миллион 839 мың 800 сумлық зыян келтиргенлиги анықланған. Нәтийжеде 64 физикалық ҳәм 7 лаўазымлы шахс қарсысына Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 101-статьясына тийкарланып ҳәкимшилик иси қозғатылды ҳәм оларға 63 миллион 804 мың 200 сумлық муғдарында жәрийма қолланылды.

Басқарманың Қоңырат районлық бөлиминиң оператив хызметкерлери тәрепинен энергия ресурслары тутыныўының нызамлылығы бойынша өткерилген илаж даўамында «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны (аймақ, фамилия ҳәм атлары өзгертилген) «Маман» аўылы аймағында жасаўшы пуқара Р.Назаров өзиниң жасайтуғын үйи әтирапындағы бос имаратта бийдай ҳәм салыны қайта ислеўге арналған қаразды ислетиўде Қоңырат электр тәмийнаты кәрханасы менен шәртнама дүзбестен ТП-79 санлы трансформатордан шыққан сымды ағашқа жалғап, өз басымшылық пенен пайдаланып, көлеми 9 киловаттлық қәлбеки электр кепсерлеўши аппараты арқалы 236,520 киловатқа тең энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў нәтийжесинде мәмлекетке 49 миллион, 314 мың 420 сум муғдарында зыян келтирген. Бул жағдай бойынша Р.Назаровтың қарсысына Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 3-бөлими менен жынаятлы ис қозғатылып, ҳәзирги ўақытта бул бойынша сорастырыў ислери алып барылмақта.

Және бир мысал, усы жылдың 8-июль күни бюроның Қоңырат районлық бөлими мәмлекетлик инспекторы С.Машарипов (аты, фамилиясы өзгертилди) тәрепинен райондағы «Өрнек» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара Х.Қабуловтың (аты, фамилиясы өзгертилди) тәбийғый газден жәми 312 мың 331 сум муғдарында қарыз бар екенлиги анықланып, оны тез күн ишинде төлеў тийис екенлиги ҳаққында рәсмий талапнама берген ўақтында, үй ийеси хызмет ўазыйпасын атқарып атырған мәмлекетлик инспектор С.Машариповты сөгип, оны муш пенен бирнеше мәрте урып, изинен қуўып жүрип аяғы менен теўип, кийимлерин жыртып, ҳәкимият ўәкилине қарсылық көрсеткен. Бул жағдай бойынша Қоңырат районлық прокуратурасы тәрепинен пуқара Х.Қабуловтың қарсысына Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 219-статьясы 2-бөлими ҳәм 277-статьясының 3-бөлими  «г» бәнти менен жынаятлы ис қозғатылып, қамаққа алынды.

Соны да айтып өтиў керек, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда, тәбийғый газ, электр энергисы ҳәм ишимлик суўдан қарыздарлықты өндириўде ҳәр қандай тосқынлық ямаса араласыўларға қатаң шара көриледи ҳәм олар нызамда белгиленген тәртипте жазасын алады.

Таярлаған Н.Рейпназаров,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы