1-3-май күнлери аралығында пайтахтымызда Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен өткерилетуғын «Камалак билимданлары» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы өткериледи.

1-май күни Нөкис темир жол вокзалында Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан келген қатнасыўшыларды ҳәм мийманларды салтанатлы күтип алыў мәресими өткерилди.

Таңлаўға Өзбекстан Республикасындағы барлық ўәлаятлардан ҳәм Ташкент қаласынан жәми 112 улыўма билим бериў мектеплериниң 1-7-класс оқыўшыларынан ибарат топарлар, 7 жастан 14 жасқа шекемги болған барлық «Камалак» шөлкеми ағзалары 4 шәрт бойынша қатнаспақта.

Күнниң екинши ярымында таңлаў қатнасыўшылары пайтахтымыз орайында жайласқан Жаслар орайында болды. Ол жерде республикамыздың барлық қалалық ҳәм районлық «Камалак» балалар сәрдарлар Кеңеси жетекшилерине велосипед тапсырылды. Соң таңлаў қатнасыўшылары жаслар турмысы менен танысып, олардың  қатнасыўында пресс-конференция өткерилди.

Таңлаўды өткериўдеги тийкарғы мақсет-елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларды ҳәм Жаслар аўқамы қәўендерлигиндеги «Камалак» балалар шөлкеминиң жумысын еле де жетилистириў, балалар тәрепинен алып барылып атырған жәмийетлик белсендиликти қоллап-қуўатлаў, шөлкем ағзаларының абыройын арттырыў, олардың келешекте елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын жетик қәнигелер болып жетилисиўине көмеклесиўден ибарат.

Таңлаў 2-3-май күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында өткериледи ҳәм таңлаў жеңимпазлары анықланады.

Таңлаўда жеңимпаз болған топар «Камалак кубоги», диплом ҳәм естелик саўғалары, сондай-ақ, елимиз бойлап шөлкемлестирилетуғын Бухара, Самарқанд, Шаҳрисабз, Қоқанд, Термиз ҳәм Хийўа қалаларының бирине  саяхат етиў имканиятына ийе болады.

Сондай-ақ, таңлаў қатнасыўшылары ушын И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейин бийпул тамашалаў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында мәдений илажлар шөлкемлестирилген.

Таңлаў бойынша ҳәр тәреплеме, толық мағлыўмат берип барамыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

(М.Абибуллаевтың түсирген сүўретлери.)