Шымбай районлық медицина бирлеспеси жәмәәти райондағы «Кеңес» ҳәм «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынларында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары Төренияз ата Абутов ҳәм Салый ата Ганиевлердиң ҳалынан хабар алды ҳәм оларды фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығы менен қутлықлады. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Жәмәәт ағзалары олардың денсаўлығын тексериўден өткерип, зәрүрли болған дәри-дармақларды ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.

Өз гезегинде, урыс ветеранлары тыныш ҳәм бахытлы турмысымызға шүкиршилигин билдирип, өзлериниң ақ пәтиясын берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги