1972-жылы 15-февральда Кегейли районында туўылған, алдын судланған, оғада қәўипли рецидивист, усы жылдың февраль айында Тақыятас районында 5-класс баланы зорлаўда айыплы деп табылған Сабуров Қуўатбай Акимбаевич қолға алынды. Бул ҳаққында KRuz.uz сайты хабар бермекте.

Жынаятшы Өзбекстан Республикасы ИИМӨрт қәўипсизлиги институтына қәнигелигин жетилистириўге барған Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери – майор Ж.Жубанышов, майор М.Қалмуратов, майор Р.Қаниязов ҳәм капитан Ш.Палвонов тәрепинен 2018-жылдың 29-апрель күни саат 11:30 ларда Ташкент қаласы Яшнабад районындағы Янги обод базарында қолға алды ҳәм Ташкент қалалық ИИББға тапсырды.

Еслетип өтемиз, Сабуров Қуўатбай Акимбаевич (лақабы «Коля») ӨзР ЖКның 119-статьясының 4-бөлими менен айыплы деп табылған ҳәм излеўге берилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги