Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 26-апрельдеги 324-ф-санлы бийлигине тийкарланып, 9-май улыўмахалықлық байрамы – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына баҳалы қол саатлар саўға етилмекте.

Мағлыўмат орнында, Өзбекстан Республикасында жәми 1065 дана қол саатын бөлистириў көзде тутылған болып, соннан 27 данасы Қарақалпақстан Республикасы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына саўға етиледи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги