Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм бирнеше шөлкемлестириўшилер тәрепинен усы жылдың 28-29-апрель күнлери «Байсын бәҳәри» ашық фольклор фестивалы болып өтти. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Фестивалға елимизде жумыс алып барып атырған фольклор жәмәәтлериниң 250 ден аслам ўәкиллери өз аймақларына тән болған кийим-кеншек ҳәм әййемги қосық-жырлар менен белсене қатнасты.

Фестивалда Сурхандәрья ўәлаятының «Байсын» фольклор-этнографиялық ансамбли биринши орынды ийеледи. Қарақалпақстан Республикасының «Бес перде», Жиззақ ўәлаятының «Бағдан гүллери» ҳәм Хорезм ўәлаятының «Хорезм» ансамбльлери екинши, Ташкент ўәлаятының «Қурама», Ферғана ўәлаятының «Сох шәшмеси» ҳәм Сырдәрья ўәлаятының «Сырдәрья сазлары» фольклор-этнографиялық ансамбльлери үшинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, ең шешен бақсы-шайыр, ақын ҳәм жыраўлар, ең жақсы қара үй орнатқан ансамбльлер де мүнәсип сыйлықланды.

Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.