2018-жылы Арал машқаласы менен байланыслы бирнеше жойбарлар ислеп шығылып, әмелге асырылмақта. Солар қатарында усы жылдың 9-19-март күнлери Хорезм ўәлаятының Шовот районы Бойрашы мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында АҚШтың «Aral Region Charity» қоры тәрепинен Арал бойы аймағында экологиялық жағдайды үйрениў, экологиялық жағдайды жақсылаў жойбары әмелге асырылды. Бул ҳаққында «Экобарқарор» сайты хабар бермекте.

Илаждың баслы мақсети, Өзбекстанның Арал бойы аймағында экологиялық жағдайды үйрениў, экологиялық жағдайды жақсылаў, экологиялық тәлим-тәрбияға көмеклесиў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў сыяқлы үлгили мақсетлер жолында бирнеше илажларды әмелге асырыў және аймақта 1200 түп мийўе ҳәм декоратив тереклерди отырғызыўдан ибарат.

Усы мәселелерди әмелге асырыў ушын усы жылдың 12-13-март күнлери илаж шөлкемлестириўшилери менен қатнасыўшылары Шовот районындағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебинде, 15-март күни Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген илажларға қатнасты ҳәм илаж шеңберинде мектеп дөгереклерине 1200 түп мийўе ҳәм декоратив тереклер отырғызылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги