Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиясы ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң шөлкемлестириўинде усы атамада «28-апрель – Дүнья жүзилик мийнетти қорғаў күни» мүнәсибети менен дөгерек сәўбети болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳуқық қорғаў уйымларының, тийисли министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери, тараў қәнигелери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиясының баслығы Д.Қурбаниязов алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиясының ағзасы Алмагүл Байрыева, Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекциясының баслығы Жавлонбек Қурбанбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  елимизде мийнетти қорғаў, мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызамлар, қарарлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында кең түрде түсиник берип, әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, бизиң елимизде мийнет тараўында миллий нызамшылық базасы жеткиликли дәрежеде қәлиплескен болып, соның ишинде мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм оның ҳәр қандай көринисин болдырмаўға қаратылған илажларға ҳуқықый тийкар болып хызмет ететуғын бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилген. Бул ҳүжжетлер бүгинги күнде усы тараўдағы мүнәсибетлерди тәртипке салып келмекте.

Ҳәр бир пуқараның өз қәлеўи менен тийисли жумыс пенен тәмийинлениўи келеси ўақытта қандай да бир мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай көринислериниң алдын алыўға өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди. Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиўди әмелге асырыўда, әлбетте, пуқаралардың тараў бойынша билимлери ҳәм ең соңғы жәмийетлик ҳуқықый ўақыялардан хабардар болыўы айрықша әҳмийетке ийе.

Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте Өзбекстанда 2017-2020-жыллар ушын мүнәсип мийнет бойынша мәмлекетлик бағдарламаның избе-из әмелге асырылып атырғанлығы үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан Республикасы тәрепинен балалардың мийнетинен пайдаланыўға ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша барлық илажлар көрилмекте.

Өзбекстанда балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы Кеңес дүзилген болып, оның жумысының тийкарғы мақсети, балалар мийнетиниң ең аўыр түрлерин сапластырыў бағдарындағы миллий сиясатты әмелге асырыўға қаратылған илажлар ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен пуқаралық жәмийети институтларының жумысларын муўапықластырыў ҳәм усы бағдардағы жумысларды жетилистириўден ибарат.

2018-жылдың биринши шерегинде мийнет ҳәм халықтың бәнтлиги ҳаққындағы нызамшылық талапларының орынланыўы бойынша өткерилген тексериўлер нәтийжесине бола, мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны, мийнетке ҳәкимшилик тәртипте мәжбүрлегени, бос жумыс орынларын жасырғаны ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларға жол қойғаны ушын республикамыз бойынша жәми 159 лаўазымлы шахсқа 70 миллион 446 мың 160 сум жәрийма салынған.

Илажда пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, конституцияда белгиленген мийнет ҳуқықларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик, мийнет шараятлары, кәсиплик кеселликлер, мийнет жарақатларының келип шығыўы ҳәм кеўилсиз ақыбетлердиң алдын алыў, өндирислик ҳәм өндирислик емес тараўлардағы жумысларды қәўип-қәтерсиз алып барыў усыллары сыяқлы мәселелелер кеңнен түсиндирилип, пикир-усыныслар билдирилди.

– Дөгерек сәўбетиниң тийкарғы мақсети,-дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Данияров. – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Саўда-санаат палатасы арасындағы 2017-2019-жыллар ушын дүзилген Аймақлық Бас келисим тийкарында социаллық шериклеслер менен өз-ара бирге ислесиўдиң форма ҳәм методларын жетилистириў, хызметкерлерге қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, өндиристеги бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, усы бағдардағы жумысларды күшейтиўде жумыс бериўшилер менен кәсиплик аўқамлары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў болып есапланады. Өткерилген дөгерек сәўбетинен келип шыққан ҳалда бүгинги күнде республикамызда қәўипсиз мийнет шараятын жаратыў ушын кәрханаларды экономикалық жақтан беккемлеў ҳәм жас қәнигелер менен толықтырып барыў Аймақлық келисимде көрсетилгениндей социаллық-экономикалық раўажланыў нәтийжелерине ерисиў мүмкиншилигин береди.

Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)