Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон 2018-жыл 29-апрель – 1-май күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл 25-26-октябрь күнлери Түркияға мәмлекетлик сапары шеңберинде болып өткен жоқары дәрежедеги сиясий сөйлесиўлердиң даўамы сыпатында Ташкент қаласында көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў жолларын, еки тәреплеме қатнасықлардың жаңа перспективаларын белгилеўди ҳәм раўажландырыўды додалаў режелестирилген. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе, соның ишинде, глобаллық ҳәм регионаллық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Сондай-ақ, сапар етиў шеңберинде Түркия Президенти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қоспа мәжилисинде шығып сөйлейди.

Президентлер Өзбекстан ҳәм Түркияның жетекши банклери, компаниялары менен фирмалары басшыларының қоспа бизнес форумына да қатнасады.

Сапар етиў бағдарламасынан Түркия делегациясының Бухара қаласында болыўы да орын алған.

Өзбекстан – Түркия сөйлесиўлериниң жуўмағында Президентлердиң еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм оны жедел раўажландырыў мәселелери сәўлеленген Бирликтеги билдириўге қол қойыўы режелестирилген.

Сапар етиў шеңберинде мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық ҳәр қыйлы тараўларға байланыслы салмақлы ҳүжжетлер топламына және бир қатар инвестициялық келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.