2017-жыл 17-24-июль күнлери Халықаралық валюта қорының (ХВҚ) Альберт Егер басшылығындағы миссиясы елимиз экономикасының раўажланыўы ҳәм рәсмий уйымлар ислеп шыққан реформалардың режесин додалаў ушын Ташкентте болды. Миссия сапар етиў жуўмағы бойынша төмендегише баянат берди:

«Миссия рәсмий уйымлардың Президент Шавкат Мирзиёев тастыйықлаған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына тийкарланған экономиканы реформалаўға байланыслы комплексли режелерин мақуллайды. Усы режелердиң өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы экономиканың сапалы жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм турақлы өсиўди тәмийинлеў қәбилетин сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын береди.

Миссия рәсмий уйымлардың валюта системасын биринши гезекте реформалаў бойынша режесин де толық қоллап-қуўатлайды.

Базар принциплери тийкарында валюта курсларын унификациялаў ҳәм валюта ресурсларын бөлистириў ушын имканият жаратыў Өзбекистан Орайлық банкине турақлылықты сақлаўға бағдарланған ҳәм инфляцияны нәтийжели қадағалай алатуғын пул-кредит сиясатына өтиў имканиятын береди. Бул реформалар сыртқы бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, тиккелей шет ел инвестицияларын тартыўды ҳәм ишки ресурсларды бөлистириўди жетилистириў есабынан жумыс орынларын жаратыўға ҳәм экономикалық раўажланыўға хызмет етеди. Өзбекистанның салмақлы валюта резерви усы реформаларды исенимли әмелге асырыў имканиятын береди.

Валюта системасын реформалаў менен бирге мәмлекетлик кәрханалар ҳәм мәмлекет тәрепинен қадағаланатуғын банклерди структуралық қайта көрип шығыў, халықаралық саўда ҳәм тиккелей шет ел инвестицияларын тартыўға тосқынлық етип атырған басқа да факторларды сапластырыў, сондай-ақ, компаниялар, әсиресе, жумыс орынларын жаратыў ушын үлкен әҳмийетке ийе болған киши ҳәм орта кәрханалардың қәрежетлерин тийкарсыз асырып атырған нызамларды, қарарлар менен тәртиплерди жетилистириў зәрүр.

ХВҚ рәсмий уйымлар ислеп шыққан реформалардың режесин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша техникалық көмеклесиў ҳәм экономикалық сиясат мәселелери бойынша усыныслар бериўге таяр.

Реформаларды пул ҳәм кредитлер көлеминиң тез өсиўине байланыслы инфляция басымы шараятында әмелге асырыўға туўра келеди. Солай етип, миссия Өзбекистан Орайлық банки жақында қабыл еткен пул-кредит сиясатын, соның ишинде, қайта қаржыландырыў ставкасын 9 проценттен 14 процентке шекем арттырыў есабынан қатаңластырыў илажларын унамлы баҳалайды.

Банк системасында жетерли дәрежеде буфер резервлери сақланып атырған болса да, ликвидликке байланыслы қыйыншылықлардың жүзеге келиўи мүмкин екени ҳәм кредитлердиң ликвидлигине тәсир ететуғын процесс тәшўиш оятады. Усы мүнәсибет пенен рәсмий уйымлар мәмлекетлик қадағалаўдағы банклерди қайта капиталластырыў бойынша ескертиўши илажларды көрди, ликвидлик нормаларды асырды, Өзбекистан Орайлық банки қолланып атырған ликвидликти усыныў ҳәм банклердиң машқалаларын тәртипке салыў принциплерин қайта көрип шықты ҳәм оған бейимлестирди.

2017-жылдың басынан салық-бюджет сиясаты итиятлылық пенен әмелге асырылмақта ҳәм быйылғы болжаўларға бола, улыўмаластырылған мәмлекетлик бюджет профицити жалпы ишки өнимниң 0,2 процентин қурайды. Валюта курсы ҳәм пул-кредит сиясатының жаңа тәртибиниң муўапықлығын тәмийинлеў ушын 2018-жылда да салық-бюджет сиясаты қатаң даўам еттирилиўи керек.

Миссия рәсмий уйымлардың экономикалық статистика сапасын ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў бағдарындағы қатаң мөлшерин унамлы баҳалады. Олар тәрепинен инфляция пәтлерин анықлаў ушын жаңа тутыныў баҳалары индексинен пайдаланыў бойынша қабыл етилген қараралар 2018-жылдан баслап усы тийкарғы статистика көрсеткиши сапасын арттырыў имканиятын бериўи тийис. Миссия Өзбекистан рәсмий уйымларының ХВҚ ның мағлыўматларын тарқатыў бойынша кеңейтилген улыўма системасына қосылыў режесин мақуллайды.

ХВҚ келисимлер статьяларының IV статьясы шеңбериндеги кейинги мәсләҳәтлесиўлерди усы жылдың гүзинде өткериў ҳаққында дәслепки келисимге ерисилди.

Миссия Өзбекистан рәсмий уйымларына миймандослық ҳәм әмелий сөйлесиўлер ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиреди».