Жақында Қараөзек районлық «Нураный қоры» ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қараөзек районлық Кеңеси, сондай-ақ, «Досназаров» аўыл пуқаралар жыйынының бир топар басшылары екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Генжемурат Алланиязовтың  ҳал-жағдайынан хабар алды.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысын фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 73 жыллығы менен қутлықлады.

Генжемурат Алланиязов 1925-жылы туўылған.  1943-жылы урысқа атланған. Ол урыс дәўириндеги қыйыншылықлар ҳаққында жыйналғанларға айтып берип, тыныш ҳәм бахытлы турмысымызға шүкиршилиги көп екенлигин, Елбасшымыздың көрсетип атырған ғамқорлығына миннетдаршылығын билдирди. Ветеран атамыз «Досназаров» аўыл пуқаралар жыйыныңда жасамақта.

Г.Алланиязовқа өткен жылы Президентимиз тәрепинен 2 млн сум ақшалай сыйлық ҳәм «Дамас» маркалы автомашинасы гезексиз тапсырылған еди. Усы жылы 5млн муғдарында ақшалай сыйлық берилиўи режелестирилген.

Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 16-апрельдеги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы, сондай-ақ, «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Мағлыўмат орнында соны да айтып өтиў керек,  Қараөзек районында бүгинги күнде 37 мийнет фронты қатнасыўшысы болып, жақын арада олардың да ҳал-жағдайынан  хабар алынады.

 

Қарақалпақтан хабар агентлиги