24-апрель күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Жаслар – келешек қурыўшысы!» сүрени астында өткерилген «Жаслар фестивальлары» шеңберинде «Студентлер театр студиялары» фестивалының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Фестиваль Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте шөлкемлестирилген  болып, оған республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынларының 30 жастан аспаған студент-жасларынан ибарат топарлар қатнасты.

Фестиваль қатнасыўшылары төрешилер тәрепинен атқарыў шеберлиги ҳәм усылы, шығарма текстиниң қурамалылығы және тәсиршеңлиги, сахналық ҳәрекети (артистизм), кийиниў мәденияты, топарлардың көркемлик шығыўлары ҳәм сахналық көринислерди таярлаўда өзине тәнлиги, миллийлиги, мазмунлылығы, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин әпиўайы ҳәм халықшыл тәризде ашып бериўи итибарға алынды.

Фестивальда «Ең жақсы спектакль» номинациясы бойынша Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Жайҳун» театр студиясы «Өмирдиң төрт күни» спектакли, «Әҳмийетли теманың сахнада талқыланыўы ушын» номинациясы бойынша Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Жаслар» театр студиясы «Булытлы күнлер» спектакли, «Миллий дәстүр ҳәм қәдриятларды сәўлелендиргени ушын» номинациясы бойынша Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының «Art life» топары драматург К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы,  «Ең жақсы ер адам роли ушын» номинациясы бойынша Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Жаслық» театр студиясының «Туўылған күн» спектакли,  «Ең жақсы ҳаял-қыз роли ушын» номинациясы бойынша Муҳаммед-ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме информация технологиялары университети Нөкис филиалының «Таң нуры» театр студиясы «Меҳир нуры» спектакли, «Ең жақсы театр студиясы басшысы» номинациясы бойынша Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының «Гигиена» театр студиясы жеңимпаз деп табылды.

Фестивальдың республикалық  басқышында «Ең жақсы спектакль» номинациясы бойынша жеңимпаз болған «Жайҳун» театр студиясы келеси басқышқа жоллама алды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

(М.Абибуллаевтың түсирген сүўретлери.)