Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша секретариаты берген мағлыўматқа муўапық усы жыл бәҳәрги умра мәўсиминде (27-февраль – 7-март) Қарақалпақстаннан 55 пуқараның сапары әмелге асырылған. Хош, гезектеги Рамазан умра мәўсимин шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кеңесинде  қандай илажлар әмелге асырылмақта.

Бул туўралы секретариат баслығы Б.Аймбетов төмендегише мәлимлеме береди, деп жазады Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети.

  ГезектегиУмра – 2018” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынша Жәмийетшилик кеңесиниң мәжилисинде умра мәўсими топар басшылары менен сапар алдынан оқыўәмелий сабақларын шөлкемлестириў белгилеп қойылған.

Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 9-10-май күнлери Ташкент қаласындағы  “Шайх Зайниддин” мешитиниң мәжилислер залында 2018-жылғы Рамазан умра мәўсимин үлгили шөлкемлестириў мақсетинде умра Рамазан мәўсиминде зияратшыларға хызмет көрсетиў ушын тастыйықланған топар (елиўбасы) басшыларының сапар алдынан оқыў сабақлары шөлкемлестириледи.

Оқыў сабақларында топар басшылары зиярат даўамында әмел етиў зәрүр болған тәртип-қағыйдалар менен таныстырылады.

Бул илажға Қарақалпақстан Республикасынан (елиўбасы) Хожели районының имам-кәтиби А.Алланиязов қатнасады. Гезектеги Рамазан айында шөлкемлестирилип атырған усы зияратқа болса, республикамыздан 18 пуқараның барып келиўи белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы “Ҳаж” ҳәм “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынша коллегиясы тәрепинен шөлкемлестириў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги