Өзбекстандағы бир қатар ўәлаятларда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында жәмийетлик транспортларда жол ҳақы көбейтилиўи күтилмекте, деп жазады Kun.uz сайты.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер додаланатуғын сайтына қойған «Қалада жолаўшылар транспортында жолаўшылар тасыў ҳақының жаңа тарифин белгилеў ҳаққында»ғы қарары жойбарында сөз етилген.

Қарар жойбарына муўапық, қалалық жолаўшылар транспортында жолаўшылар тасыў хызмети бир мәртелик автобуста жолаўшыларды тасыў хызметиниң тарифи 900 сум ҳәм жөнелисли таксилерде жолаўшыларды тасыў хызмети тарифи 1000 сум муғдарында белгилениўи көзде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги