20-21-апрель күнлери аралығында пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың еркин гүрес түри бойынша 1998-2000-жыллары туўылған жаслар ҳәм 2004-2006-жыллары сондай-ақ,  2007-2009-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Нөкис қалалық кубоги өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан, сондай-ақ, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан жәми  200ге шамалас жас палўанлар қатнасты.

Жарыс қатнасыўшылары жас өзгешелигине қарай 14 салмақ категориясы бойынша бириншилик ушын беллести.

Жарыс жуўмағында командалық есапта Нөкис қаласы биринши, Хожели районы екинши, Хорезм ўәлаяты спортшылары үшинши орын жеңимпазлары болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Кубок ойынының ашылыў салтанатына Нөкис қаласы ҳәкими Парахат Төрешов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.