БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш Швецияның SVT телеканалына берген интервьюсында ҳәзирги ўақытта «салқын урыс» дәўири қайтадан басланғанлығын мәлим етти, деп жазады Qalampir.uz сайты.

Бас хаткер журналисттиң Сириядағы Дума районында АҚШ, Уллы Британия ҳәм Франция күшлери тәрепинен әмелге асырылған ракета ҳүжими ҳаққындағы сораўына төмендегише жуўап берди:

«Бизде бундай жағдайларды шешиў ушын белгили бир қағыйдаларымыз бар еди. Бирақ, енди артқа қайтыўдың илажы жоқ. «Салқын урыс» қайтып келди. Бурынлары АҚШ пенен СССР арасында қарама-қарсылық бар еди. Бүгинги күнде болса Москва ҳәм Вашингтон барлығын қадағалап отырғаны жоқ. Туркия, Иран ҳәм Сауд Арабиясы сыяқлы бирнеше мәмлекетлер де еки блокқа бөлинбеген. Усы тәрепи қорқынышлы. Оларды бир-бири менен сөйлестиретуғын механизм жоқ. Биз жүзеге келген кескинликти жумсартыў ушын еки тәрепти сөйлесиўге шақырыўымыз керек. Олар өз ара сөйлесип, келисип алыўы керек».

Еслетип өтемиз, Сирияда химиялық қурал қолланғаны себепли усындай қураллар сақланатуғын объектлерди жоқ етиў мақсетинде АҚШ, Уллы Британия ҳәм Франциядан ибарат коалиция Думаға ҳүжим шөлкемлестирген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги