Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларында хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, белгили операшы Жеңисбек Пиязов усы жылдың 21-22-апрель күнлери Ташкент қаласындағы «Истиқлол» көркем өнер сарайында Муслим Магомаевтың дөретиўшилигине арналған кешесиниң екинши күнинде халқымыз арасында кең тарқалған, қарақалпақлардың жети жаслы баласынан жетпис жаслы жасыүлкенлерине шекем билетуғын «Айдынлар» қосығын атқарды. Әҳмийетли тәрепи сонда, бул қосықтың музыкасы дәслепки мәрте симфониялық оркестрде атқарылды.

Кешеде қосықтың музыкасын дөреткен белгили композитор Марқабай Жийемуратов та қатнасты. Жеңисбек Пиязов композитордың мийман болып келип отырғанын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, кешеде Қарақалпақстан халық артисти Бийбираба Өтепбергенова сахнаға шығып, Жеңисбекке шапан кийгизди. Сондай-ақ, шайыр Әбилқасым Өтепбергеновтың саўға еткен китапларын тапсырды. Бийбираба Өтепбергенова кешеге саўға сыпатында классигимиз Әжинияз Қосыбай улының «Әй әлип…» қосығын айтып берди. Тамашагөйлер тынымсыз қол шапалақлар урып, көркем өнеримизге және бир мәрте жоқары баҳасын берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.