Қоңырат районында спорттың футбол түри бойынша Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл ҳәм жергиликли мектеплердиң 9-10-класс оқыўшылары арасында аймақлық жарыс өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Жарыс жуўмағында, Қоңырат районы 1-орын, Мойнақ районы 2-орын ҳәм Шоманай районы 3-орын жеңимпазы болды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги