«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам 7-1-статья менен толықтырылды. Сондай-ақ, 16-статьяда көрсетилген нормалар нызамның 2-статьясына көширилгени себепли алып тасланды. Бул ҳаққында «Инсон ва қонун» сайты хабар бермекте.

Нызам тийкарында, журналистлердиң ҳуқықлары шеңбери «мәмлекетлик органлардың ашық жыйналысларында ҳәм ғалабалық илажларында қатнасыўы» бәнти менен толықтырылды.

Журналистлердиң миннетлемелерине болса «Журналистлик сырды әшкараламаўы, журналистлердиң кәсипке байланыслы этикалық қағыйдаларына әмел етиўи» сыяқлы бәнтлер киргизилди.

Нызам журналистлердиң кәсипке байланыслы қағыйдаларына арналған 7-1-статья менен толықтырылды.

Оған муўапық, «Журналистлердиң кәсипке байланыслы этикалық қағыйдалары журналисттиң шахсына ҳәм өз кәсибине байланыслы ўазыйпаларды атқарыў ўақтында оның минез-қулқына қойылатуғын талапларды белгилейтуғын қағыйдалар комплексинен ибарат. Журналистлердиң кәсипке байланыслы болған этикалық қағыйдалары журналистлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының бирлеспелери тәрепинен белгиленеди».

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.