Усы жылдың 18-апрель күни райондағы «Холимбег» аўылындағы «Уста Аллаяр» фермер хожалығында ашшы бурыш егиў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Семинарда быйылғы жылы райондағы 530 фермер хожалығында жәми 1200 гектар жерге ашшы бурыш егилетуғынлығы айтып өтилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министри Ф.Султанов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги