Бирден-бир салық төлемин төлеўшилердиң жер салығын есаплаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди, деп хабар бермекте министрликтиң «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Режеге муўапық, 2018-жылдың 1-апрелинен баслап улыўмалық майданы 1 гектардан артық болған жер майданына ийе болған бирден-бир салық төлемин төлеўшилер юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығын төлейди.

Тастыйықланған реже төмендегилерге енгизиледи:

– жер участкасының бир бөлегинде исбилерменлик пенен шуғылланатуғын ҳәм бирден-бир салық төлемин төлейтуғын коммерциялық емес шөлкемлер, егер исбилерменлик пенен шуғылланып атырған жер участкасы бир гектардан артық болса;

– аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў менен байланыслы болмаған басқа жумыслар менен шуғылланатуғын бирден-бир жер салығын төлейтуғынлар ҳәм бирден-бир салық төлемин төлейтуғынлар, егер аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў менен байланыслы болмаған басқа жумысларына туўра келетуғын жер майданы 1 гектардан артық болса.

Бунда жер участкаларының улыўмалық майданы дегенде, жер участкасының салыққа тартыў объекти сыпатында есапланбайтуғын жер участкалары майданлары шегирип тасланған жағдайдағы улыўмалық майданы түсиниледи.

2018-жылдың 1-апрелинен баслап жер участкасының улыўмалық майданы 1 гектардан артық болған бирден-бир салық төлемин төлейтуғынларға:

– Бирден-бир салық төлеминиң ең кем муғдары киргизилиўи мүнәсибети менен бирден-бир салық төлемин есаплаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже;

– Бирден-бир салық төлеминиң ең кем муғдары киргизилиўи мүнәсибети менен усақлап сатыў бойынша саўда кәрханалары тәрепинен бирден-бир салық төлемин есаплаў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққындағы реже енгизилмейди.

Юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығының ставкалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң келеси жыл ушын тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлери ҳаққындағы қарары тийкарында ҳәр жылы тастыйықланады.

Жер салығы ҳәр бир салық дәўириниң 1-январь жағдайына бола есапланады.

2018-жылдың 1-январь жағдайына есапланған жер салығының есапланыўы жер участкасы жайласқан жердеги мәмлекетлик салық хызмети органына усы салық дәўириниң 10-майына шекем усынылады.

Салыққа тартылатуғын база (салықтың есапланған муғдары) салық дәўиринде өзгерсе, мәмлекетлик салық хызмети органына бир ай мүддетте анықластырылған жер салығының есапланыўын усынады.

Салық дәўири ўақтында салыққа тартылатуғын база 1 гектардан артып кетсе, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы жер майданына тийисли ҳуқық пайда болған айдың кейинги айынан баслап есапланады.

Салық дәўири даўамында салыққа тартылатуғын база 1 гектардан азайса, юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығы жер майданына тийисли ҳуқық пайда болған айдан баслап тоқтатылады.

Жер участкасының улыўмалық майданы 1 гектардан артық болған бирден-бир салық төлемин төлейтуғынлар тәрепинен жер салығы төлеми ҳәм айдың 10-күнине шекем жер салығы жыллық суммасының он екиден бир бөлеги муғдарында әмелге асырылады.

2018-жылы жер салығы төлеми апрель айынан баслап әмелге асырылады, бунда апрель айы ушын төлем усы жылдың 10-майына шекем әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги