Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында 17-апрель күни Латвия Республикасы Сейми Баслығы Инара Мурниеце басшылығындағы усы ел парламенти делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында Сенат Баслығы Н.Йўлдошев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Латвия Республикасы Сейми арасындағы қатнасықлар избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

2010-жылы Латвия Сейминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси менен бирге ислесиў бойынша топар дүзилген болса, 2012-жыл июльде елимиз парламентинде әне усындай дослық топары дүзилди. Сол жылы сентябрьде Олий Мажлис ҳәм Сеймниң парламентлераралық дослық топарлары арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.

Өткен жылы май айында Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошевтың басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясының Латвияға сапары, усы сапар етиў шеңберинде өткерилген бир қатар ушырасыўлар бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўде ҳәм жаңа басқышқа көтериўде үлкен әҳмийетке ийе.

Сапар етиў күнлери Рига қаласында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Латвия бизнес семинары өткерилип, онда еки ел исбилермен топарларының 300 ден аслам ўәкили қатнасты. Бир қатар ведомстволар менен мәкемелер арасында бирге ислесиўге байланыслы меморандумларға қол қойылып, келисимлерге ерисилди.

Латвия Республикасы Сейми Баслығы Инара Мурниеце басшылығындағы делегацияның елимизге бул сапар етиўи парламентлераралық бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.

Ушырасыўда тәреплер еллеримиз парламентлери арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын додалады. Демократиялық ҳәм социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыў бойынша топланған тәжирийбе талқыланды. Парламентлер арасындағы сөйлесиўди мазмун жағынан еле де байытыў ушын барлық имканиятларды иске салыў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында өткерилген ушырасыўда Спикер Н.Исмоилов Өзбекстан менен Латвия арасындағы өз-ара исеним ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған қатнасықлар парламентаризм тараўында да избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

Еллеримизди беккем дослық қатнасықлары байланыстырып туратуғыны, нызам дөретиўшилиги тараўындағы байланыслардың жеделлескени тең ҳуқықлылыққа тийкарланған шериклик қатнасықларының және бир көриниси екени атап өтилди.

Сөйлесиўде еки ел арасындағы сыртқы сиясий ҳәм сыртқы экономикалық бирге ислесиўдиң нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириўге байланыслы мәселелер көрип шығылды. Шөлкемлескен  жынаятшылық, терроризм наркотик ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бойынша дүзилген Өзбекстан-Латвия бирге ислесиў комиссиясының алып барып атырған жумыслары бойынша пикир алысылды.

Ушырасыўда мийманларға елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Латвия парламенти делегациясы, сондай-ақ, елимиздиң бир қатар министрликлери ҳәм ведомстволарында да сөйлесиўлер өткерди.

ӨзА