Өзбекстан ҳүкимети буннан кейин мәжбүрий мийнет пенен байланыслы ҳәр бир жағдайды «айрықша жағдай» сыпатында көрип шығады. Бул ҳаққында Өзбекстан бас министри Абдулла Арипов басшылығында 17-апрель күни өткерилген, аймақларда атыз ҳәм тазалаў-абаданластырыў жумысларына медицина ҳәм билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери, студентлер және социаллық тараў ўәкиллерин тартыўды қадаған етиў ҳәм басқа мәселелерге бағышланған селектор жыйналысында айтып өтти, деп хабар бермекте Kun.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги