Республикамызда дәстүрий «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы» басланды.

С.Байбосиновтың ҳәм басқа да белгили художниклер менен жас қәлемкешлердиң 1961-жылдан ҳәзирги күнге шекемги ўақыт аралығында салған сүўретлери, скульптур ҳәм өнерментлердиң дөретпелери сарай залында көргизбеге қойылды. Илаж шеңберинде көркем өнер шайдалары ушын дизайнер Айзада Нурымбетова тәрепинен жаратылған миллий кийим-кеншеклердиң көргизбеси (модаларды таныстырыў) усынылды. Көргизбе сарайы алдында «ашық аспан астындағы мастер-класс» шөлкемлестирилди. Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик С.Байбосинов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мәденият ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратовлардың қатнасыўында 1-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ҳәм көргизбе сарайында мастер-класслар кешке шекем даўам етти.

Усы жыл 17-21-апрель аралығында даўам ететуғын фестивальдың екинши күнинде Шымбай районында Узақбай Сапаровтың жеке көргизбеси, дизайнерлер Дилназ Адилшаева ҳәм Гүлсәўир Сапарбаевалардың миллий кийимлер көргизбеси, Өзбекстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, белгили художник  Жеңис Лепесовтың қатнасыўында мастер-класслар өткерилиўи режелестирилмекте.

19-апрельде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде Өзбекстанның белгили художниклери Валерий Енин, Александр Тюрин ҳәм Ахмад Бабаевлардың көргизбеси ашылады. 22-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары тәрепинен салынған сүўретлердиң де көргизбесиниң усы күни ашылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, академик С.Байбосинов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы Абдулла Раджаповлар менен ушырасыў ҳәм мастер-класс болып өтеди.

Фестивальдың төртинши күни пайтахтымыздағы көргизбе сарайында белгили художниклер В.Енин, А.Тюрин, А.Бабаев мастер-класс өткереди. Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебиниң, Нөкис қалалық Мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң оқыўшылары салған сүўретлер көргизбеге қойылады. Бул күн жас дизайнер Сарбиназ Даўқараеваның миллий кийимлер көргизбеси менен жуўмақланады.

21-апрель күни Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбе сарайында Өзбекстан көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзалары тәрепинен мастер-класс, сондай-ақ, бес күнлик фестиваль даўамында оқыўшы-жаслар тәрепинен жаратылған дөретпелердиң көргизбеси болып өтеди. Фестиваль жас қәлемкешлерди сыйлықлаў мәресими менен жуўмақланады.

Фестивальдың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўыт Қурбаниязов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.