Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Диний-ағартыўшылық тараў жумысларын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Ташкент ислам университети тийкарында Өзбекстан халықаралық ислам академиясы шөлкемлестирилди.

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы:

– Қуран илими, ҳәдис, ислам ҳуқықы, исеним, тәсаўўыф, ислам экономикасы ҳәм қаржы жумыслары, халықаралық қатнасықлар, шет тиллери (араб, парсы, инглис, рус, урду, түрк ҳәм т.б.) ҳәм басқа халықаралық көлемде талап болған тараўлар бойынша жетик қәнигелерди таярлаўға бағдарланылады;

– орта арнаўлы, жоқары билимлендириў, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, қәнигелигин жетилистириў басқышларында үзликсиз билимлендириўдиң бир пүтин системасын шөлкемлестириўге бағдарланған жумыс алып барады;

– илимий мийрасты терең анализлеў ҳәм абайлап-сақлаўға, диний ҳәм дүньялық билим бериўге қәнигелескен жетекши билимлендириў ҳәм илимий изертлеў мәкемеси болып табылады;

– республикадағы барлық ислам билимлендириў мәкемелери жумысларын оқыў-нормативлик ҳәм оқыў-методикалық тәрептен тәмийинлеў ҳәм муўапықластырыўды әмелге асырады.

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы питкериўшилерине улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынларында тараўға байланыслы болған пәнлер бойынша педагогикалық жумыс алып менен шуғылланыў ҳуқықы берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.