Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы хызмет ҳәм кәсипликти таярлықты шөлкемлестириў бөлиминиң инженери, лейтенант Султанбек Тәңирбергенов өрт қәўпинен ескертип туратуғын қурылма ойлап тапты.

Бул қурылманың тийкарғы ўазыйпасы – пуқараларды өрттен ескертип турады. Бул әсбаптың жумыс ислеў тәртиби ҳәрекет болған ўақытта иске қосылып, пуқараларға ескертиў бере баслайды. Яғный, пуқараларда өрт қәўипсизлигине болған рефлексти пайда етеди.

Әсбап 5 бөлимнен ибарат болып, ҳәрекетти сезиўши датчик, даўыслы сигналды жеткерип бериўши микрофон, даўыслы сигналды жазыўшы чип, электр қуўатлылығын жеткерип бериўши батареялар, сыртқы орталықтан қорғап турыўшы корпустан ибарат.

Бул қурылма көп қабатлы жайлардың подъездлерине орнатылып, ол пуқараларды үйлеринен асығып шығып баратырғанда «Ҳүрметли пуқаралар, үйиңиздеги газ ҳәм электр қурылмаларын өшириўди умытпадыңыз ба ҳәм өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиң» деген мазмундағы ескертиўши даўыслы сигналлар менен хабарландырып турады.

-Лейтенант Султанбек Таңирбергенов излениўшең, талапшаң жасларымыздың бири. Ол өртке қарсы профилактикалық жумысларды алып барыў мақсетинде ҳәрекетти сезиўши, өрттен хабарлаўшы яғный пуқараларды ескертиўши қурылманы ойлап тапты ҳәм де инновациялық идеясын әмелиятта сынап көрмекте,- дейди Өрт басқармасы баслығы, майор Азамат Дәўлетов. Ол бурын   өрт өшириў дәстегин ислеп шыққан еди. Сондай-ақ, ол өрт қәўипсизлиги хызметинде усындай өрт өшириў жеңлерин қолайлы ҳәм сапалы жыйнайтуғын қайта ораўшы үскене ислеп шықты. Бул әсбап бүгинги заман талапларына сәйкес келетуғын үгит-нәсият профилактикасының таза түри болып есапланады.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы