20182019-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаат, аўыл-хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында улыўма нырқы 4,5 триллион сумлық 313 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Нәтийжеде 6847 пуқара турақлы жумыс орнына ийе болады.

Бул мағлыўматлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан либерал-демократиялық партиясының фракция мәжилисинде Экономика министрлигиниң бас қәнигеси У.Тилеўниязовтың жасаған баянатынан жазып алынды.

Мәжилисте партияның 2018-жылғы режесине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық банк Бас басқармасы, Қаржы ҳәм Экономика министрликлери ўәкиллери өз есапларын усынды. Өткен жыл даўамында исбилерменлик субъектлери ушын ажыратылған кредит муғдарлары ҳәм коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын берилип атырған жеңилликли кредитлер, сондай-ақ, быйылғы жыл ушын мөлшерленген кредит ажыратыўдың финанслық мәселелери, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жойбарлардың әмелге асырылыўы ушын белгиленген  ўазыйпалар, исбилерменлик ушын жаратылып атырған шараятлар бойынша машқалалар депутатлар арасында кең түрде талқыланды.

Республикамыздың санаат тараўында 4 триллион сумлық инвестицияларды өзлестириў арқалы 175 жойбар, хызмет көрсетиў ҳәм сервис саласында 200 миллиард сумлық инвестицияның өзлестирилиўи нәтийжесинде 96 жойбар, сондай-ақ, аўыл-хожалығы тараўында 265,6 миллиард сумлық инвестицияларды өзлестириў арқалы 42 жойбар әмелге асырылып, нәтийжеде 7 мыңға шамалас пуқараны жумыс пенен тәмийинлеў машқаласы шешилетуғыны атап өтилди.

– Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл 12-июль күнги «Парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы, реформалардың шөлкемлестириўшиси ҳәм тийкарғы орынлаўшысы болыўы керек» атамасындағы баянатында атап өткениндей, исбилерменлердиң мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсети менен жумыс алып барып атырған ӨзЛиДеП Экономика, Қаржы министрликлери, Инвестиция бойынша мәмлекетлик комитетлери үстинен нәтийжели парламентлик ҳәм депутатлық қадағалаў алып бармақта, – дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясы баслығы С.Турманов. – Қадағалаўдың нәтийжеси бүгинги мәжилисте өз көринисин тапты. Өткен жылы 2016-жылға салыстырғанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған кредитлер 1,3 есеге артқан. Яғный усы бағдарда берилген кредит 861,4 миллиард сумды, соннан микрокредитлер көлеми 206,2 миллиард сумды қураған. Ал, быйылғы жылы кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 13 мың 962 шаңараққа 197,1 миллиард сум муғдарында жеңилликли микрокредитлер ажыратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.