13-апрель күни Жаслар орайында Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жас дөретиўшилер» клубының  проза бағдары жумысларын және де жетилистириў мақсетинде талантлы жаслар арасында семинар-трениг өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатының жас дөретиўши оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының сондай-ақ Тақыятас, Хожели районларынан көркем әдебияттың  проза тараўына қызығатуғын талантлы студент-жаслар қатнасты.

-«Проза айтады: – поэзия мени толқындандырады, драматургия ҳәрекетке келтиреди, сын дүзейди, аўдарма дүньяға танытады», – деген еди. «Жас дөретиўшилер» клубы усы жыл 16-февраль күни дүзилип, ол бес бағдарда-поэзия, проза, драматургия, сын ҳәм аўдарма бойынша жумыс алып бармақта, – дейди Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреты, проза бағдарының сәрдары Қумар Бегниязова.

Илажда Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Қарақалпақстан спорты» газетасының бас редакторы Алланазар Әбдиев, «Жеткиншек» газетасының бөлим баслығы Яқыпбай Әжимовлар жасларға әдебият теориясы, прозаның өзине тән өзгешеликлери, бүгинги күнде прозадағы ерисилген жетискенликлер менен кемшиликлертуўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, сондай-ақ, гүрриңлери   оқылып, оған пикир-усыныслар билдирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги