Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасында  Өзбекстан Республикасы  Президентиниң 2018-жыл 23-марттағы «Банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмунмәнисин  кең жәмийетшиликке, соның ишинде, исбилерменлерге жеткериўге бағышланған оқыў-семинары болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының орынбасары Марс Мамутов, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки департамент баслығының орынбасары Шухрат Каримов, акционерлик-коммерциялық «Туранбанк» баслығының орынбасары Олег Ким шығып сөйлеп,  Президентимиздиң қарарының мазмун-мәниси, елимизде банк системасында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңадан енгизилген банк хызметлери, халыққа ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге жаратылған имканиятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күни барлық тараўлар сыяқлы банк системасында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, коммерциялық банклерде банк хызметлерин көрсетиўдиң базар механизмлерин енгизиў, олардың түрлерин кеңейтиў, халқымыз ҳәм исбилерменлер ушын қаржы ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Халық ушын валюта алмастырыў әмелиятларын әмелге асырыўды жеңиллететуғын жаңа банк хызметлери енгизилди, жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен шет ел валютасын сатып алыў ушын имканиятлар жаратылды.

Соның менен бирге, банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине, әсиресе, аймақларда әмел етиў және қаржы ашық-айдынлығын кеңейтиў, сондай-ақ, хызмет көрсетиў мәденияты ҳәм банк системасына болған исенимди буннан былай да арттырыўда бир қатар машқалалар да орын алмақта.  Жоқарыда атап өтилген қарар усы машқалаларды сапластырыўға, банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў механизмлерин буннан былай да жетилистириў ҳәм инновациялық раўажланыўдың тенденцияларын есапқа алған ҳалда қаржы ашық-айдынлығы дәрежесин арттырыўға хызмет етеди.

Усы қарарға муўапық, банк хызметлериниң ғалабалығын арттырыўды тәмийинлеў ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди. Оның орынланыўын тәмийинлеў мәселелери тиккелей Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қурамлық структурасында  шөлкемлестирилген банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықларын қорғаў хызметине жүклетилди. Бул ўазыйпаны атқарыўда тийкарғы итибар,  банк системасында системалы кемшиликлер ҳәм банк хызметлери тутыныўшыларының ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўға, буған жол қойған кредит шөлкемлерине жуўапкершилик илажларын көриўди тәмийинлеўге, олардың бузылған ҳуқықларын тиклеўде мәсләҳәт бериўге ҳәм көмеклесиўге, қаржы ашық-айдынлығы дәрежесин және тутыныўшылардың саўатлылығын арттырыўға қаратылады.

-Бул илажды өткериўдеги мақсет, Президентимиздиң қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериўден ибарат,-дейди Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының басқарма баслығы Азамат Абдикаримов.-Алдағы ўақытлары бундай оқыў-семинарын республикамыздың барлық районларында өткериўди режелестирип отырмыз.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.