Спорт – саламатлық гиреўи. Спорт пенен турақлы шуғылланған инсан бәрқулла тетик, ҳәр исте көпке өрнек болатуғын, денсаўлығы беккем болады. Усы қағыйданы жақсы түсинген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети деканаты ҳәм жаслар аўқамы факультеттеги басланғыш шөлкеми усы жылдың 13-апрель күни “Спорт – саламатлық гиреўи” атамасында спорт ойынлары акциясын өткерди. Саламатлық акциясын факультет деканы Ж.Қурбанбаев кирис сөз бенен ашты.

Онда факультеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларынан ибарат жәми 200 ге шамалас қатнасыўшылар қатнасты. Қатнасыўшылар дәслеп университет бас бинәсы алдында физикалық дене шынықтырыўларын иследи. Соңынан 6 командаға бөлинип, университет спорт майданшасында волейбол, баскетбол ҳәм арқан тартысыў сыяқлы спорт түрлеринен өз ара күш сынасты.

Буннан соң қатнасыўшылар университет спорт сарайына жол алды. Ол жерде мини футбол ҳәм кеўилли эстафетада қатнасқан қатнасыўшылар өзлериниң физикалық мүмкиншиликлерин сынап көрди.

– Илажды өткериўден тийкарғы мақсет, оқыў ҳәм жәмийетлик жумыслар себепли бираз ядымыздан шығып баратырған, бирақ, денсаўлығымыз ушын оғада зәрүрли болған физикалық шынығыўларды ислеў, жасларды саламат турмысқа ҳәм бәрқулла ҳәрекетте болыўға әмелий жақтан шақырыўдан ибарат, – дейди акция шөлкемлестириўшиси, факультет жаслар жетекшиси Оғулнур Атаева.

Акция жуўмағында белсенди қатнасыўшылар университет ректораты тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғаларға ийе болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.