Усы жылдың 10-апрель күни Қоңырат районы ҳаял-қызлар комитети ҳәм «Қоңырат ун заводы» акционерлик жәмийети басламасы менен райондағы кем тәмийинленген шаңарақларда жасайтуғын, имканияты шекленген ҳаял-қызлардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 3 ҳаялға тигиў машиналары берилип, олардың үй мийнети тийкарында хызмет көрсетиўи ушын шараятлар жаратылды.

Сондай-ақ, райондағы кәрханалар менен үй мийнети тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм имканияты шекленген 6 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги