Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 2-апрельдеги «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң мәжилиси болып өтти.

         Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы М.Ахмедов ҳәм басқалар бул қарар өзбек халқы ушын әзиз ҳәм қәдирли инсан, Өзбекстанның үлкен досты болған уллы дөретиўшиге жоқары ҳүрметтиң белгиси сыпатында туўысқан қырғыз халқы менен тығыз қоңсышылық ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўде, әдебият, мәденият тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўде айрықша әҳмийетке ийе екенлигин айрықша атап өтти.

Шыңғыс Айтматов регионымыздың тынышлығы ҳәм абаданлығы, оның келешеги ҳәм раўажланыўы, халықларымыз арасында дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, оларды түрли  келиспеўшиликлер және қарама-қарсылықлардан сақлаў жолында пидәкерлик жумыс алып барды.

Атақлы жазыўшы тек қырғыз елиниң емес, ал пүткил дүньяның уллы шахсы еди. Оның «Жамила», «Сәрўибойлы дилбарым», «Ботакөз», «Биринши муғаллим», «Ана жер», «Қус жолы», «Ыразы бол, Гүлсары», «Ақ кеме», «Жаға бойында шаўып баратырған ийт», «Әсирге татырлық күн», «Жаңғырық»,(«Плаха») «Кассандра тамғасы», «Бийик шыңда қалған аңшының дәрти» сыяқлы көплеген шығармалары дүньяның бир қатар тиллерине аўдарылып, китапқумарлардың итибарына миясар болған.

Әсиресе, халқымыз оның шығармаларын айрықша қызығыўшылық пенен қарсы алады. Себеби, уллы жазыўшының елимизге, халқымызға болған муҳаббаты, ҳүрмети шексиз ҳәм жоқары еди. Шыңғыс Айтматов әдебиятымыз, мәдениятымыз тарийхын жоқары баҳалап, «Әййемги өзбек мәдениятының Орта Азияға еткен тәсирин ески Византияның әййемги Русқа еткен тәсири менен салыстырыў мүмкин» деген мәнили сөзлери, өз тәғдирин өзбек халқының тәғдирине уқсатыўы оның әне, сол үлкен меҳир-муҳаббатының көриниси еди.

Қарарда атап өтилгениндей, өткен әсирдиң 80-жылларында бурынғы Орай тәрепинен уйымластырылған «өзбек иси», «пахта иси» сыяқлы наҳақ мапазлар ўақтында Шыңғыс Айтматовтың әдиллик ҳәм ҳақыйқат жыршысы сыпатында халқымыздың даңқын ҳәм абырой-мәртебесин үлкен минберлерде турып мәртлерше қорғағанын ҳәмийше миннетдаршылық пенен еслейди. Теңи-тайы жоқ дөретиўшиниң мәмлекетимиз тәрепинен «Дослық» ҳәм «Буюк хизматлари учун» орденлери менен сыйлықланғаны да усыдан дәрек береди.

Атақлы жазыўшы өзбек әдебияты ҳәм көркем өнериниң ири тулғалары менен жақын дос ҳәм дөретиўшилик жақтан бирге ислесиўши болғаны жас жазыўшыларымыз ушын жоқары ибрат үлгиси болып табылады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлар тарийхында жаңа дәўир басланған ҳәзирги ўақытта Шыңғыс Айтматовтың өлмес көркем мийрасы халықларымыз ушын және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Оның гуманизм ҳәм жақсылық идеяларын, миллий ҳәм улыўмаинсанийлық қәдриятлар, түрли миллетлер менен халықлар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған жетик шығармалары елимизде миллионлаған нусқаларда басып шығарылмақта. Өзбекстан Миллий университетинде «Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» турақлы экспозициясы жумыс ислемекте.

-Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан ҳәм Қырғызстан мәмлекетлери арасындағы өз-ара дослық ҳәм туўысқанлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бойынша әмелге асырып атырған жақсы ис-ҳәрекетлер елимизде жасап атырған қырғыз миллети ўәкиллерин шексиз қуўандырмақта,-дейди Өзбекстан қырғыз миллий мәдений орайының баслығы Р.Жабборов. –Мәмлекетимиз басшысының «Уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышта даўам ететуғынына, халықларымыз арасындағы мәдений-әдебий байланысларды буннан былай да раўажландыратуғынына исенемиз.

Қарарда Шыңғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын кеңнен белгилеў, «Шыңғыс Айтматов ҳәм Өзбекстан» атамасындағы еслеў китабын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў, Шыңғыс Айтматовтың өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққында ҳүжжетли филмь дөретиў, жазыўшының шығармалары тийкарында жаңа спектакль сахналастырыў ҳәм көркем филмь сүўретке алыў, Шыңғыс Айтматовтың ядын мәңгилестириў мақсетинде Ташкент қаласының орайлық көшелеринен бирине жазыўшының атын бериў, Ташкент ўәлаяты Паркент районындағы  33-санлы улыўма билим бериў мектебинде жазыўшының бюстин орнатыў, «Шыңғыс Айтматов ҳәм өзбек әдебияты» темасында илимий конференция өткериў, елимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер, улыўма орта билим бериў мәкемелери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлардың қатнасыўында ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестириў, 2018-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Өзбек Миллий академиялық драма театрында атақлы жазыўшының естелигине бағышланған дөретиўшилик кеше өткериў илажлары нәзерде тутылған.

Мәжилисте усы ўазыйпалардың орынланыўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллериниң есаплары тыңланды, келешектеги режелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султонов шығып сөйледи.

 

Байрам АЙТМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы