Республика бойынша қала ишинде 5, районларда 14, жәми 19 жолаўшы автовокзаллары ҳәм автостанциялары ислеп тур. Соннан өткен жылы Мойнақ районындағы жолаўшы автовокзалы 125 миллион сум қаржы есабынан қайта реконструкциядан шығарылды. Быйылғы жылда Шымбай ҳәм Тахта­көпир районларындағы жолаўшы автовокзалларына реконструкция ислеў ушын 200 миллион сум муғдарында қаржы ажыратылып, оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Сондай-ақ, Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» АПЖ аймағында жайлас­қан жолаўшы автовокзалы быйылғы жылда жергиликли исбилерменниң қаржысы есабынан жаңадан қурып берилетуғын болды.

Бул ҳаққында республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының өз хабаршысы Сағынбай Оразымбетовтың «Жәмийетлик транспорттағы жетискенликлер ҳәм машқалалар» атамасындағы мақаласында келтирип өтилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги