Усы жылдың 31-март күни Нөкис қаласында спорттың волейбол түри бойынша, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы бириншилиги өткерилди.

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасының Қанлыкөл районлық 6-санлы Кәсиплестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлеринен дүзилген командасы да қатнасты ҳәм 1-орынды ийелеўге еристи.

Жеңимпаз команда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен 1-дәрежели диплом ҳәм заманагөй маркалы телевизор менен сыйлықланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги