Ташкент қаласында 2018-жыл 5-апрель күни Қырғызстан Республикасы басшылығында   Шанхай бирге ислесиў Регионаллық терроризмге қарсы структурасы (ШБШ РТҚС) Кеңесиниң отыз екинши мәжилиси болып өтти. Оған Пакистан Ислам Республикасы, Россия Федерациясы, Тәжикстан Республикасы, Қытай Халық Республикасы, Қырғызстан Республикасы, Қазақстан Республикасы, Ҳиндстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы ҳәм ШБШ РТҚС Атқарыў комитети ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте ШБШға ағза мәмлекетлердиң 2019-2021-жылларда терроризмге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы және ШБШ РТҚС Кеңесиниң ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары Кеңесине ШБШ РТҚСның 2017-жылғы жумысы ҳаққындағы есабының жойбарлары мақулланды.

ШБШға ағза мәмлекетлердиң 2016-2018-жылларда терроризмге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў бағдарламасы және ШБШ РТҚС қарарларының 2017-жылда орынланыўы, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың ШБШға ағза мәмлекетлер аймағындағы еркинен айырыў орынларында жазаны өтеп атырған шахсларды террористлик ҳәм экстремистлик шөлкемлерге тартыўға қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги илажларды әмелге асырыўдың барысы ҳаққындағы мәлимлемеси көрип шығылды.

Терроризм, сепаратизм ҳәм экстремизм мақсетлеринде Интернет тармағынан пайдаланыўды анықлаў және оған шек қойыў бойынша ШБШға ағза мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың «Сямин-2017» биргеликтеги тероризмге қарсы оқыў шынығыўының жуўмақлары мақулланды. 2018-жылы ШБШға ағза еллердиң биргеликтеги шегара операциясын өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

ШБШға ағза мәмлекетлерге халықаралық террористлик шөлкемлер тәрепинен дөнип турған қәўиплер додаланды. ШБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша келисимлерге ерисилди.

Терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде ШБШ РТҚС және БМШ Қәўипсизлик кеңеси Терроризмге қарсы гүресиў комитетиниң атқарыўшы директоры ҳәм БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы менен өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумлардың жойбарлары мақулланды.

2018-жылдың төртинши шерегинде ШБШға ағза мәмлекетлер ҳәм ШБШ жанындағы бақлаўшы еллер арасында халықаралық терроризмге ҳәм экстремизге қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў мәселесине бағышланған алтыншы илимий-әмелий конференция өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

ШБШ РТҚС Атқарыў комитетиниң өткен дәўирдеги жумысына унамлы баҳа берди.

ШБШ РТҚС жумысын раўажландырыў ҳәм ШБШға ағза мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың бирге ислесиўин беккемлеўге қосқан жеке үлеси ушын усы мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың бир қатар хызметкерлери ҳәм ШБШ РТҚС Атқарыў комитетиниң жуўаплы хызметкерлери ШБШ РТҚС Кеңесиниң жарлығы ҳәм естелик белгиси менен сыйлықланды.

ШБШ РТҚС Атқарыў комитетиниң жумысын шөлкемлестириўге, кадрлар ҳәм қаржы жағынан тәмийинлеўге байланыслы мәселелер бойынша қарарлар қабыл етилди.

ШБШ РТҚС Кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2018-жыл октябрь айында Қырғызстан Республикасы аймағында өткериў ҳаққында келисип алынды.

Кеңес мәжлиси исшеңлик, әмелий ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА