Район ҳәкимлиги рәсмий вебсайтының хабар бериўинше, Төрткүл районында «7-апрель Дүнья жүзилик саламатлық күни» мүнәсибети менен марафон жарысы өткерилди. Марафонда 300 ден аслам ул ҳәм қыз балалар қатнасты. Жарыс жуўмағында жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги