Усы жылдың 3-апрель күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Овощ-палыз өнимлери, бағшылық ҳәм жүзимгершилик бағдарындағы фермер хожалықларының жер майданларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Усы қарарға муўапық, жер шараяты ҳәм суў менен тәмийинлениўи аўыр, төмен рентабелли, ақырғы үш жылдың ишинде пахта өнимдарлығы 15 центнерден кем болған 99371 гектар жер майданларында овощ, палыз, картошка, майлы ҳәм дәнли егинлер егилиўи белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери усындай жер майданларына пахта ҳәм бийдай өнимлерин екпеў бойынша қатаң түрде ескертилди.

Коммерциялық банклер тәрепинен фермер хожалықларын аванслық қаржылар менен тәмийинлеў ушын қайта ислеў, таярлаў ҳәм экспортёр кәрханаларға, сондай-ақ, овощ, палыз, картошка, майлы ҳәм дәнли егинлерди жетистириў ушын фермер хожалықларына ажыратылатуғын коммерциялық кредитлер процентлик ставкаларының бес проценти Исбилермендик жумысларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен төлеп бериледи.

Экономика министрлигине мийўе-овощ, жүзим, палыз ҳәм дәнли өнимлердиң түрлери бойынша жетистириўдиң өзине түсер баҳасынан келип шығып, өним жетистириўшилердиң рентабеллигин есапқа алған ҳалда усы өнимлердиң сатылыўы ушын орташа усыныс етилген баҳаларды ислеп шығыў тапсырылып, усы өнимлердиң баҳасы сатып алыў ўақтындағы базар қунлылығынан келип шыға отырып өзгертилиўи мүмкинлиги белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги