Санаат, турмыслық шығындылары ҳǝм басқа да шығындыларды тасыў, жайластырыў, утилизациялаў, көмиў, тасыў ўақтында тǝбиятты қорғаў бойынша нызам талапларын бузған пуқалар ең кем мийнет ҳақының бир есесинен үш есесине шекем, лаўазымлы шахслар болса үш есесинен бес есесине шекем жәриймаға тартылады.

Ҳǝкимшилик шара қоланылғаннан кейин нызам бузыўшылық 1 жыл даўамында тǝкирарланса пуқараларға ең кем мийнет ҳақының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға бес есесинен он есесине шекем жǝрийма қолланылады.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳǝм қоршаған орталықты қорғаў комитети хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги