Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигинде 2-апрель күни Халықаралық миграция шөлкеми (ХМШ) бас директоры Уильям Свинг басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти.

Онда, ХМШтың Орайлық Азия бойынша аймақлық муўапықластырыўшысы Деян Кесерович, Орайлық Азия бойынша муўапықластырыўшы офисиниң Өзбекстан менен байланыслар бойынша бағдарламалық хызметкери С.Тошбоев, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлигиниң ўәкиллери қатнасты.

ХМШ бас директоры У.Свинг Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар дүнья көлеминде унамлы баҳаланып атырғанын, соның ишинде, 26-27-март күнлери «Тынышлық процесинде, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасында Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент халықаралық конференциясы табыслы өткенин атап өтти. Өзбекстанның мийнет мигрантларын қоллап-қуўатлаў ҳәм адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый механизмлерди әмелге асырыўға қаратылған табыслы айрықша атап өтилген ҳалда, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы жоқары баҳаланды.

Ушырасыўда мигрантларға жәрдем көрсетиў, миграция ағымын тәртипке салыўдың  ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў мәселелери бойынша Өзбекстан менен ХМШ арасындағы қатнасықлар додаланды. 2016-жылдан берли Өзбекстанда адам саўдасына ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў тараўларында қоспа жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Илажда елимиздиң ХМШға қосылыў мәселеси бойынша пикир алысылды. Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы усы халықаралық шөлкемниң ағзасы болмаған ҳалда, ХМШ тәрепинен өткерилип атырған жойбарларда белсене қатнасып келмекте. ХМШға ағза болыў елимизге шөлкемге ағза мәмлекетлер менен көп тәреплеме ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиў ушын кең потенциалға ийе болыў имканиятын береди.

ХМШ бас директоры бүгинги күнде усы абыройлы шөлкемге ағза болыў бойынша ҳуқықый тийкар таярланып атырғаны ҳаққында хабардар етилди. Өз гезегинде, Уильям Свинг Өзбекстанды шөлкемге қабыл етиў бойынша ҳәр тәреплеме жәрдем етиўге таяр екенин билдирди.

ХМШ делегациясы, сондай-ақ, елимиздиң бир қатар министрликлеринде ҳәм ведомстволарында да сөйлесиўлер өткерди.

ӨзА