Усы жыл 29-март күни Тахтакөпир районындағы Аўыл-хожалығы кәсип-өнер колледжинде район ҳәкиминиң қарарына муўапық, жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы өткерилди.

Оған район аймағындағы 21 мәкеме ҳәм кәрхана түрли қәнигеликлер бойынша 108 жумыс орны менен қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты З.Ханиязов, район прокуроры Қ.Бекмуратов, ИИБ баслығы Ө.Турдыбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы мийнет ярмаркасына қатнасып атырған ўақтынша жумыссыз пуқараларды, әсиресе, жасларды өз қәнигеликлери бойынша жумысқа орналасып белгили бир кәсип ийеси болыўына тилегин билдирди.

Район бойынша усы жыл даўамында 6 мәрте усындай мийнет ярмаркасын өткериў режелестирилген болып, бул ярмарка екиншиси болып есапланады. Сондай-ақ, бул ярмаркаға райондағы 144 фермерлик хожалығы аўыл-хожалығы жумысларының басланыўына байланыслы мәўсимли жумыс орынлары ушын бос жумыс орынлары менен қатнасты.

– Мен 1976-жылы туўылғанман. Орта мектепти пикергенли берли үй бийкеси болып, усы ўақытқа шекем жумыссыз едим. Бүгинги ярмаркада райондағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебине жумысқа орналастым,-дейди С.Қалбаева.

Ярмаркада улыўма 80 жумыссыз пуқара қатнасып, соннан  23 пуқараның жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.