Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-июль күни Ташкентке әмелий сапар менен келген Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары – сыртқы ислер министри Рашид Мередовты қабыл етти.

Ушырасыў басында мәмлекетимиз басшысы дос Түркменстан халқына ҳәм Президент Гурбангули Бердимуҳамедовқа өзиниң терең ҳүрметин билдирип, шын жүректен сәлемин жоллады.

Сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық салаларда өз-ара қатнасықлар избе-из раўажланып, беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекистан Президентиниң Түркменстанға  усы жылдың март айындағы дәслепки мәмлекетлик сапар етиўи, май ҳәм июнь айларында «Аваза» туристлик зонасы ҳәм Қазақстан пайтахты Астанадағы әмелий ушырасыўлар, сондай-ақ, еки мәмлекет басшыларының турақлы сөйлесиўлери Өзбекистан менен Түркменстанның бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққаны ҳәм Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнаманың қағыйдаларын әмелге асырыўды тәмийинлеп атырғаны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта келисимлерге муўапық Өзбекистан ҳәм Түркменстан компаниялары менен кәрханалары баҳасы 200 миллион доллардан аслам биргеликтеги сыртқы саўда шәртнамалары менен келисимлерди әмелге асырмақта.

Аўыл хожалығы машина қурылысы саласында системалы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў жолға қойылды, Түркменстанға гезектеги пахта териў машиналары, культиватор ҳәм басқа да заманагөй техникалар жеткерип берилди. Усы айда Ашхабадта Саўда-сервис орайы өз жумысын баслайды.

«Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети кәрханалары базасында Түркменстан темир жолларының ҳәрекетлениўши қурамын оңлаў ҳәм модернизациялаў жумыслары алып барылмақта.

Түркменабад – Фараб автомобиль ҳәм темир жол көпирлери ашылғаннан соң, еллеримиз арасында транзит жүк тасыўлардың көлеми сезилерли дәрежеде көбейди. Өзбекистанның тек ғана темир жол арқалы Түркменстан аймағынан өткен экспорт жүклериниң көлеми 25 процентке артты.

Мәдений-гуманитар салада да бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Ташкентте Ашхабад бағын шөлкемлестириў жумыслары басланды. Сентябрь айында спортшыларымыз Түркменстан пайтахтында жабық объектлерде ҳәм жаўынгерлик өнерлери бойынша болып өтетуғын гезектеги Азия ойынларында қатнасады.

Сәўбетлесиў ўақтында еллеримиз арасында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, стратегиялық шерикликти беккемлеўге қаратылған жаңа бағдарларды белигилеў ҳәм перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары – сыртқы ислер министри Рашид Мередов Президент Гурбангули Бердимуҳамедовтың Өзбекистан халқына ҳәм оның басшысы Президент Шавкат Мирзиёевқа терең ҳүрметин және жақсы тилеклерин жеткерди. Р.Мередов Түркменстан еки мәмлекет арасындағы кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА