Ашхабад қаласында 29-31-март күнлери «Made in Uzbekistan» Миллий санаат көргизбеси болып өтти. Онда түркменстанлы исбилерменлер Өзбекстан өнимлерине үлкен қызығыўшылық билдирди.

Еки мәмлекет басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўы ўақтында ерисилген жаңа басқыштағы бирге ислесиў байланыслары өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним руўхында беккемленип бармақта. Бул, әсиресе, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда сезилерли дәрежеде жеделлести.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл март айында Түркменстанға мәмлекетлик сапары даўамында қол қойылған Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама тийкарында бул ел менен саўда, өндирис кооперациясы, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан саўда-санаат палаталарының бирге ислесиўинде жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген бул форум, әне, усы дослық байланыслардың логикалық даўамы болды. Бул илаж қоңсылас мәмлекет исбилермен топарлары ўәкиллери менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тығыз шериклик байланысларын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Онда елимиздиң барлық аймақларынан 100 ден аслам ири санаат кәрханасы ҳәм исбилерменлер өз өнимлери менен қатнасты.

Өзбекстанның таў-кән, металлургия, нефть-газ, машина қурылысы, электроэнергетика, тоқымашылық, химия санааты, қурылыс материаллары, турмыслық техника, азық-аўқат, медицина өнимлери, автомобиль қурылысы, қамсызландырыў хызметлери, әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик өнимлериниң көргизбеси өзине тәнлиги ҳәм бийтәкирарлығы менен ажыралып турды.

Көргизбеде коммерциялық-шерикликти, пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған шәртнамаларға қол қойылды, өнимлер экспорттын кеңейтиў бағдарында перспективалы келисимлерге ерисилди.

ӨзА