Пүткил дүнья бойлап телеграм мессенжери жақсы ислемей атырғаны ҳаққында хабарлар келмекте. Бүгин 29-март күни жергиликли ўақыт шама менен 13:00 де 10 мәмлекетте телеграм мессенжери ислемей қалған.

Усы мессенжер Өзбекстан, Россия, Испания, Франция, Италия, Уллы Британия, Германия ҳәм басқа мәмлекетлерде улыўма ислемей қалған. АҚШ, Таиланд, Малайзия, Ҳиндстан, Бразилия ҳәм басқа мәмлекетлерде телеграм мессенжериниң жумысында насазлықлар байқалған. Телеграм сайтында бул ҳаққында рәсмий мағлыўматлар жоқ. Россияның «Коммерсантъ» басылымының хабарына бола 57 процент қарыйдарлар телеграмға улыўма жалғана алмай атыр, 47 процент мессенжер пайдаланыўшылары болса хабар жибере алмай атырғанын айтпақта. Хабарда телеграм қашаннан және ислей баслаўы ҳаққында айтылмаған.

ӨзА