Шымбай районындағы Қызыл өзек аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде мүддетли әскерий хызметти атқарып келген пуқаралар ушын бос жумыс орынларын ярмаркасы болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Ярмаркаға район ҳәкимлиги, қорғаныў бөлими, бәнтликке көмеклесиў орайы, мәкеме, кәрхана, кәсип-өнер колледжлери, исбилерменлер, фермерлер қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер мүддетли әскерий хызметти ҳәм мобилизациялық шақырыў резервин атқарып келген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жеке исбилерменлик жумысларын баслаў ушын коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ажыратыў бойынша өзлериниң баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Ярмаркаға 37 мәкеме 143 бос жумыс орынлары менен қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги