USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚЫЙТАҚ ЖЕР УЧАСТКАЛАРЫ ҚАНДАЙ ТӘРТИПТЕ ҮШ ЕСЕ ЖЕР САЛЫҒЫНА ТАРТЫЛАДЫ?

Министрлер Кабинетиниң 18.03.2018 жылдағы  205-санлы «Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары дағазаланды, деп жазбақта Norma.

Еслетип өтемиз, Президенттиң 10.10.2017-жылдағы ПҚ-3318-санлы қарары менен қыйтақ жер участкаларынан пайдаланыў тәртибин бузып атырған жер ийелерине қарата қолланылатуғын илажлар белгиленген:

  • жер салығының 3 есе арттырылған муғдары-жеке тәртипте үй-жай қурыў ҳәм турақ-жайды абаданластырыў ушын берилген жер участкаларының қыйтақ жер бөлиминде тийкарсыз түрде аўыл хожалығы егинлерин екпесе ямаса абаданластырылмаса;
  • жер участкасына болған ҳуқық бийкар етиледи-дийқан хожалығын жүритиў ушын турақ-жай қурыў ҳуқықысыз берилген жер участкаларында аўыл хожалығы егинлерин екпегенде.

Министрлер Кабинети қабыл етилген қарарда бундай жерлерден пайдаланыў нәтийжелилигин арртырыў мақсетинде усы санкцияларды қолланыў механизмлери белгиленген.

1-басқыш. Нәтийжели пайдаланыў бойынша усынысларды ислеп шығыў

Район ҳәкиминиң қарарына муўапық қыйтақ жер учасикаларынан нәтийжели пайдаланыў жағдайын үйрениў бойынша район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң басшысының басқарыўында исши топар шөлкемлестириледи. Оның қурамына усы кеңес, сондай-ақ, төмендеги бөлимлердиң ўәкиллери киреди: Аўыл хожалығы бөлими, суў хожалығы бөлими, жер ресурслары ҳәм мәмлектлик кадастры бөлими, кәсиплик аўқамлары, ҳаял-қызлар комитети, бәнтликке көмеклесиў орайы, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша кеңес, мәмлекетлик салық инспекциясы ҳәм басқа мәпдар шөлкемлер ҳәм профилактика инспекторы.

Исши топар ҳәр жылы үйме-үй жүреди. Қыйтақ жер участкаларының майданлары, топырақ-ықлымның шәраяты ҳәм суўдың тәмийнатынан келип шығып егинниң түрлери, мийўели тереклердиң түри ҳәм саны, шарўашылық маллары ҳәм таўықлардың саны, сондай-ақ, олардың жыл даўамында қыйтақ жр участкасында жетистирилетуғын өним түрлери ҳәм сатыў муғдарлары және де ыссыхана қурыў, шарўашылық маллары ҳәм таўық бағыўға болған қәлеўи үйренип шығылады. Үйрениў нәтийжелери бойынша исши топар арнаўлы формада мағлыўматнама толтырады, үйрениў нәтийжелери болса улыўмаластырылады ҳәм пуқаралар жыйыны көлеминде таярланған мағлыўматлар район ҳәкимине  10-февральға шекем усынылады.

2-басқыш. Болжаў көрсеткишлерин тастыйықлаў.

Усынылған мағлыўматлар район ҳәкими тәрепинен үйренип шығылады ҳәм 15-февральға шекем қыйтақ жер участкалары бағдарында жетистирилетуғын егинниң ҳәм өнимниң түрлери, оларды сатыў көлемлери, сондай-ақ, ыссыханалар қурыў, мийўели ҳәм декорациялы теркелер егиў және де шарўа малларын ҳәм таўықларын сатып алыў прогноз көрсеткишлерин (кейинги орынларда болжаў көрсеткишлери деп аталады) тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етеди.

Бул қарар халық депутатларының районлық кеңесине көрип шығыў ушын киргизиледи. (20-февральға шекем тастыйықланады).

Болжаў көрсеткишлер сектор басшыларының ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен дийқан хожалықларының баслықларына ҳәм қыйтақ жер ийелерине олардың алғанлығын тастыйықлайтуғын қол қойылған ҳалда жеткериледи.

3-басқыш. Болжаў көрсеткишлериниң орынланыўы мониторингин әмелге асырыў

Исши топар сектор басшылары менен биргеликте болжаў көрсеткишлериниң орынланыўы мониторингин әмелге асырады. Қағыйда сыпатында, мониторинг жумыслары егиў (март-апрель, август-сентябрь, ноябрь-декабрь айлары) ҳәм тәрбиялаў дәўири бойынша белгиленеди.

Районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша (кейинги айдың 15-сәнесине шекем) салықтың жеңиллиги сыпатында жер салығы ставкасының пәсейтиўши коэффициентин (Президенттиң 29.12.2017-жылдағы ПҚ-3454-санлы қарарының 28-бәнти) қолланыў бойынша районның ҳәкимине усыныс киргизеди. Бундай усыныслар егислик жерлеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланып, район ҳәкиминиң болжаў көрсеткишлери ҳаққындағы қарарында белгиленген егин түрлерин толық еккен, агротехника илажларын өз ўақтында сапалы орынлаған, жылына кеминде 2-3 мәрте жоқары өним алған және де қыйтақ жерди абаданластырған, шарўа маллары ҳәм таўықлардың бас санын сақлаған ҳәм көбейтиўге ерискен қыйтақ жер ийесине қарата киргизиледи.

Район ҳәкими кеңес баслығы  менен бирге салық жеңиллигин қоллаў бойынша районлық мәмлекетлик салық инспекциясына усыныс киргизеди.

Егер мониторинг нәтийжелерине бола болжаў көрсеткишлеринде белгиленген егин түрлери ҳәм де декоратив текреклердиң егилмегенлиги, шарўа малларының сатып алынбағанлығы, ыссыхана қурылмағанлығы, атап айтқанда, жер участкасының абаданластырылмағанлығы анықланса, исши топар тәрепинен ескертиў хаты сол орнында таярланады ҳәм оның бир нусқасы тийисли дийқан хожалығының баслығы ямаса қыйтақ жер ийесине бериледи.

Бунда Президенттиң 10.10.2017-жылда ПҚ-3318-санлы қарарының талаплары түсиндирилип, кемшиликлерди сапластырыў ушын бир ҳәптелик мүддет белгиленеди.

Кемшиликлер бул мүддет ишинде сапластырылмаған болса, топар 1 күнлик мүддетте бул ҳаққында кеңеске хабарнама киргизеди, хабарнама ескертиў хатлары менен бирге район ҳәкимлилигине усынылады.

Район ҳәкими кеңестиң баслығы менен бирге ҳәр шерек бойынша кейинги айдың 15-сәнесине шекем қыйтақ жер участкаларынан тийкарсыз түрде нәтийжесиз пайдаланыў жағдайы бойынша:

а) қыйтақ жер ийесине усы жыл ушын есапланған жер салығының 3 есеси муғдарын қолланыўын сорап районлық мәмлекетлик салық инспекциясына усыныс киргизеди. Бунда қыйтақ жер ийесине қарата жыл даўамында көби менен 1 мәрте усыныс киргизиледи;

б)дийқан хожалығына қарата жер участкасына болған ҳуқықты нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бийкар етиў бойынша илажлар көриледи.

Ҳүжжет 23.03.2018-жылдан күшке кирди.