Усы жылдың 23-25-март күнлери Наўайы ўәлаятында спорттың мотокросс түри бойынша өткерилген Өзбекстан бириншилигиниң II басқышында Өзбекстан Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеми Қоңырат районы бөлиминиң спорт-техника клубы мотокросс дөгереги ағзалары да қатнасты. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Беллесиўлерге район командасы қурамында жәми 13 спортшы қатнасып, командалық есапта 1-орынды ийеледи.

Жеке тәртипте өткерилген беллесиўлерде Н.Шарабаев 350 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясында 2-орын, Ж.Сапарбаев 65 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясында 2-орын, И.Узақбаев 125 см куб көлемдеги мотоцикльлер категориясында 2-орынды ийелеп, өзлерине билдирилген исенимди ақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги