27-март-Халықаралық театрлар күни. Бул сәне ҳәр жылы республикамызда көтериңкилик пенен белгиленеди.

Театр – бул халқымыздың руўхый дүньясының ажыралмас бир бөлеги болып, ол ҳақыйқый турмыс көринислерин сәўлелендиретуғын мәдений-руўхый дәргай болып есапланады.

Мине, усы сәне мүнәсибети менен  пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  байрам кешеси өткерилди.

Театр алдына қара үй тигилип, әтирапы рәңбәрең гүллер менен безелген. Байрам тамашаларына қатнасыўшыларды дуўтаршы қызлар өзлериниң йошлы нама-қосықлары менен күтип алды.

Театр фойесинде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи тәрепинен өзиниң өмирин театрға бағышлаған устаз актёрлардың дөреткен образларынан сахналық көринислери түсирилген сүўретлер көргизбеси орын алған.

Сондай-ақ, симфониялық оркестрдиң жанлы концерт бағдарламасы жыйналғанларға өзгеше кейпият бағышлады.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри шығып сөйлеп, театр хызметкерлерин, тараў пидайыларын кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси комитети ҳәм Мәденият министрлиги тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлықлары» Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры хызметкерлерине тапсырылды.

Кеше қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери, жас талант ийелери ҳәм театрдың балет артистлери тәрепинен таярланған йошлы қосықлар ҳәм аяқ-ойынлар қойып берилди.

Театр актёрлары тәрепинен драматург К.Рахмановтың «Ынжықтың муҳаббаты» комедиясынан үзинди, «Пародияшылар», «Продюссер», «Жезде ҳәм балдызлар», Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының талантлы студентлери атқарыўындағы «Студентлер» интермедиясы көрсетилип, жыйналғанларда жақсы тәсир қалдырды.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы