Жақында Исбилерменлер ҳәрекетиӨзбекстан Либералдемократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық  Кеңеси  тәрепинен   «Бизиң ең  үлкен таянышымыз ҳәм сүйенишимиз жаслар!» сүрени астында «Туризм – жаслар нәзеринде» атамасында мәжилис өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы Нөкис туризм ҳәм сервис колледжиниң оқыўшы жаслары менен оқытыўшылары, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикалық аймақлық басқармасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң қәнигелери, партия белсендилери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Илажда туризм – экономиканың жедел раўажланып атырған ири тармақларынан бири болып, халықтың дәраматларын ҳәм бәнтлигин арттырыўда, елимизди социал-экономикалық раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, илаж даўамында усы жыл февраль айының өзинде Президентимиздиң бул тараўға байланыслы 4 әҳмийетли ҳүжжети қабыл етилгени елимизде мәмлекетимиздиң туризмниң раўажланыўына жоқары итибарынан дәрек беретуғынлығына, тараўда топланып қалған машқалаларды шешиў, туризм потенциалын арттырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленгенлиги, ишки туризмди буннан былай да раўажландырыўға көплеген жеңилликлер берилгенлиги атап өтилди.

– Туризм тараўын жетик қәнигелери менен тәмийинлеў механизминиң дурыс жолға қойылғанлығы бизлердиң колледжимиз мысалында да көриўимизге болады, – дейди Нөкис туризм ҳәм сервис колледжиниң оқытыўшысы Сумбилай Хожиева. Өткен оқыў жылынан баслап колледжимиз оқыўшыларды қабыллап баслады. Ҳәзирги күнде туризмге байланыслы сабақлықлар ислеп шығылып, усы тийкарда жоқары мағлыўматлы оқытыўшылар тәрепинен сабақлар өтилмекте. Теориялық билимлерди туристлик объектлерде, әмелий шынығыўларды да бирге алып барып атырғанымыз өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде ҳәр ҳәптеде оқыўшылар менен биргеликте жақын аймақтағы мәдений мийрасларымызға, объектлерге, археологиялық естеликлерге ҳәм зыярат орынларына саяхатлар шөлкемлестирип турамыз.

Илаж даўамында оқыўшы-жаслар тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги