Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң туберкулёзге қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўиниң 20 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымызда «Веломарафон» спорт жарысы өткерилди.

Оған пайтахтымызда жайласқан емлеў ҳәм профилактикалық мәкемелерде жумыс ислейтуғын 80 нен аслам шыпакер ҳәм мийирбийкелер қатнасты. Олар қаланың арқа тәрепиндеги киши айланба жолдан баслап, қала орайындағы Амфитеатрға шекемги 20 километрден аслам жолды басып өтти.

– Бүгин мине өзиңиз көрип турғаныңыздай, «24-март – Дүнья жүзилик туберкулёзге қарсы гүресиў күни» мүнәсибети менен веломарафон шөлкемлестирилди. Буны өткериўден тийкарғы мақсет – кеселликтиң алдын алыў, жәмийетшиликтиң усы кеселлик ҳәм оның ақыбетлери бойынша хабардарлығын арттырыў болып есапланады. Себеби, бул кеселлик елеге шекем дүнья жүзи халықлары арасында үлкен машқалаларды келтирип шығармақта,-дейди «Шегарасыз шыпакерлер» шөлкеминиң Қарақалпақстандағы «Туберкулёзди комплексли емлеў ҳәмме ушын» жойбарының координаторы Яшовар.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, республикалық көз кеселликлери емлеўханасынан М.Утеўлиев биринши, М.Сырғабаев екинши, Ш.Нурымбетов үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.