Усы жылдың 27-март ҳәм 6-апрель күнлери аралығында Британия телерадио корпорациясы – «BBC News» телеканалының 2 хызметкери, яғный корреспондент Р.Қабилов ҳәм оператор П.Харристиң Қарақалпақстанға келиўи күтилмекте. Олар тийкарынан Арал теңизиниң ултанында тоғайшылықтың қайта тиклениўи ҳаққында репортаж таярлаўды мақсет етип қойған. Бул репортаж телеканалдың глобаллық машқалалардың бири есапланған ҳаўа райының кескин ысып кетиўи ҳәм экологиялық дағдарыс шараятында дүньяның түрли еллериндеги аўҳалды сәўлелендиретуғын “Taking the Temperature” көрсетиўи ушын арнаўлы түсириледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.